Архив за месяц: Февраль 2016
«Нанозарралар физикаси, кимёси ва технологиялари» атамасындағы оқыў қолланбаның презентациясы
Бердақ атындағы Қарақалпақ мəмлекетлик Университетиниң физика-математика факультетинде
Мəлимлеме-ресурс орайы менен биргеликте
А.Т. Тешабоев, С. З. Зайнубиддинов, Қ. А. Исмоилов, Ш.А. Ёрматов, В. А. Абдуазизовлардың авторлығындағы
«Нанозарралар физикаси, кимёси ва технологиялари» атамасындағы оқыў қолланбасы презентациясының
БАЯННАМАСЫ
17.02.2016 Нөкис қаласы
Қатнасқанлар: ҚМУ профессор-оқытыўшылары, талабалар ҳәм МРО жәмәәти
Күн тәртиби:
1.Презентацияның ашылыўы
- Баянатлар
Мәресим 15.00 де басланды.
- Тыңланды: Математикалық анализ кафедрасының доценти Қ. Елгондиев баянаты: А.Т. Тешабоев, С. З. Зайнубиддинов, Қ. А. Исмоилов, Ш. А. Ёрматов, В. А. Абдуазизовлардың авторлығындағы «Нанозарралар физикаси, кимёси ва технологиялари» атамасындағы оқыў қолланбасы «Жылдың ең жақсы сабақлығы ҳəм оқыў əдебияты авторы» республика таңлаўының Жоқары ҳəм орта арнаўлы билимлендириў Министрлиги ҳəм «Истеъдод»жамғармасы тəрепинен биринши дəрежели диплом менен сыйлықланды. Бул оқыў қолланбада нанозарралардың пайда болыў механизмлери, олардың физикалық-химиялық қəсийетлери ҳəм өлшем эффектлерине түсиник берип өтилген.
- Баянатшылар: Физика кафедрасынан М. Бердимуратов: Бул қолланбаның тийкарынан қатты денелер физикасы ҳəм химиясы, биотехнологиялар ҳəм наномедицина менен шуғылланыўшы қəнийгелер, талабалар ҳəм излениўшилерге арналғанлығы ҳаққында айтып, оқыў қолланбаға анализ жасап өтти ҳəм авторларды сыйлық пенен шын кеўилден қутлықлады.
- МРО директоры А.Абдимуратов баянаты: авторларды бул үлкен сыйлық пенен шын кеўилден қутлықлайман. Ҳақыйқатында да бул жылдың ең жақсы оқыў қолланбасы.
Презентация мəресими жыйналғанларда терең тəсир қалдырды ҳəм
ҚАРАР ҚАБЫЛ ЕТИЛДИ:
- Қарақалпақ мəмлекетлик Университетиниң МРОда «Нанозарралар физикаси, кимёси ва технологиялари» атамасындағы оқыў қолланбасын «Угит-нəсиятлаў күни» өткерилсин
- Университет талабаларын бул оқыў қолланба менен хабардар етиў МРО хызметкерлерине бас ўазыйпа етип жүклетилсин.
МРО директоры: А.Абдимуратов
Хаткер: Г.Алланиязова
Umumiy er bilimi
Umumiy er bilimi fanidan
geografiya mutaxassisligining 1-2 kurs talabalari uchun
tayyorlangan maruza matni
Allanazarov K.
Er tuzish iqtisodi
Tursinov M.J.
Er tuzish iqtisodi fanidan
maruzalar matni
Ekonomikalıq ha’m sotsialliq geografiya
«Ekonomikalıq ha’m sotsialliq geografiya»
pa’ninen lektsiya teksti
du’zgen: dots.G.Xodjaeva
ass.M.Tursınov